Африка менен байланыслы сиясий, қаржы, социаллық ҳәм мәдений жаӊалықларды жарытып баратуғын “Africa.com” интернет басылымы Өзбекстан ҳәм Уганда арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатыў ҳаққында Биргеликтеги коммьюникеге қол қойылғанын өз бетлеринде жарытты.

Мақалада еки мәмлекеттиӊ ҳүкиметлери атынан ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниӊ биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев ҳәм Уганда Республикасы сыртқы ислер министри Жеже Одонго қол қойғаны атап өтилген.

Бул әҳмийетли ўақыя Кампала қаласында “Speke Resort Munyonyo”да болып өтип атырған Қосылмаў ҳәрекетиниӊ 19-саммити шеӊберинде болып өтти.

Сәўбет даўамында тәреплер сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўларда тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин билдирди.

Уганда СИМ басшысы Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық, жақсы қоӊсышылық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиӊ әҳмийетли бағдар етип белгиленген Өзбекстанныӊ сыртқы сяисатын ҳәм мәмлекетимиз басшысы тәрепинен халықаралық көлемде алға қойылып атырған басламаларды рәсмий Кампалада жоқары баҳалайтуғынын атап өтти.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА