Нызамға бола, көп квартиралы жайларға тутас аймақлардыӊ шегараларында тоқтап турыў орынларын қурыўға тийисли қарарлар ҳәкимлер тәрепинен қабыл етиледи.

Тоқтап турыў орынларын жайластырыў экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталыққа, халықтыӊ саламатлығы ҳәм тынышлығына унамсыз тәсирин азайтыў есапқа алынған ҳалда әмелге асырылады.

Тоқтап турыў орынларын дизимге алыў жол ийеси тәрепинен әмелге асырылады.

Тоқтап турыў орынларында майыплығы болған шахслар ушын өз алдына орынлар мәжбүрий тәртипте ажыратылады.

Қарақалапақстан хабар агентлиги