Ташкент қаласында қылышласыў спортының шпага бағдары бойынша жаслар арасында жәҳән кубогиниң биринши басқышы болып өтти.

Дүньяның ең күшли сайланды командалары қатнасқан жарыста Дилназ Мурзатаева, Шаҳзода Эгамбердиева, Бийбимарьям Сапарова ҳәм Азиза Ҳамидовадан ибарат Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ярым финал беллесиўинде түркиялы спортшыларға 36:45 есабында жеңилип қалды.

Ал, қола медалы ушын беллесиўлерде болса, командамыз ағзалары Қазақстан сайланды командасы қызларын 45:20 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Жарыстың финал беллесиўинде болса, Болгария ҳәм  Түркия сайланды командасы ағзалары ушырасып, онда болгариялы спортшылардың қолы бәлент келди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы