Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм журналистлер ушын орынлардағы қоспа кәрханаларға пресс-тур шөлкемлестирилди.

Қатнасыўшылар дәслеп, Кегейли районында жайласқан “LANKOMIYA” Өзбекстан-қытай қоспа кәрханасының жумыслары менен жақыннан танысты.

– Кәрханамыз жәми 42 гектар жер майданына ийе болып, 2017-жылы июль айында өз жумысын баслады. Тийкарынан боян экстракты шийки затын пуўға писириў арқалы таяр өнимге айландырып, дүнья базарларына экспорт етип атырмыз. Кәрхана тәрепинен Қытай, АҚШ ҳәм Франция мәмлекетлерине боян экстракты экспорты әмелге асырылмақта,-дейди кәрхананың ис жүргизиўшиси Ду Лонг Фе.

Гезектеги мәнзил Шымбай районында жайласқан “LANEXTRAKT” Өзбекстан–Қытай қоспа кәрханасы болып, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери бул жерде жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты.





Жәми 35 гектар жер майданына ийе бул кәрхана 2007-жылы өз жумысын баслаған. Кәрхана тәрепинен Қытай, АҚШ, Корея ҳәм Ҳиндстан мәмлекетлерине боян экстракты экспорты әмелге асырылып атыр.

Ҳәзирги ўақытта жәми 250 жумыссыз пуқара жумыс пенен тәмийинлеген, ал 2024-жылы жумысшылардың санын 400 ге жеткериў режелестирилмекте.

Жумысшылар күнине 8 сааттан, 3 сменада 24 саат даўамында жумыс алып барады. Олар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Арнаўлы кийим-кеншек, еки мезгил ыссы аўқат, ең кеминде 2-2,5 миллион айлық пенен тәмийинленген.

Пресс-тур даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги