Насос станциялары суўғарыў мәўсимине таяр ма?

Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы ықтиярындағы Елликқала районында жайласқан «Қылшынақ ОГ-5 №1” ҳәм «Қылшынақ ОГ-5 №2» насос станцияларында әмелий семинар өткерилди.
Онда Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының баслығы Ж.Халмуратов өткерилип атырған илаждың әҳмийетине тоқтап өтип, насос станцияларын суўғарыў мәўсимине таярлаў ҳәм әмелге асырылатуғын жумысларды сапалы түрде алып барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Бул насос станциялары 1982-1996-жылларда иске түсирилген болып, 10 дана ОГ5/87а маркасындағы насос агрегатлары орнатылған. Усы насослар Елликқала ҳәм Беруний районларындағы 13 мың 500 гектарлық аўыл хожалығы егислик майданларына суў жеткереди.
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен ҳәптениң ҳәр жума күни насос станцияларындағы әмелге асырылатуғын илажларды талқылап, додалап барыў белгиленген.
Илаж қатнасыўшылары аймақтағы еки насос станциясының шор жуўыў ҳәм суўғарыў мәўсимине таярлығы, мәўсимлик ремонтлаў жумысларының барысы ҳәм энергия үнемлеўши үскенелердиң орнатылғанлығын үйренди. Үйрениўде анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берилди. Соның менен бирге, илаж даўамында айрықша жағдайларда, яғный өрт келип шыққанда жумысшы-хызметкерлердиң атқаратуғын ўазыйпалары бойынша әмелий шынығыўлар да өткерилди.


Семинар даўамында басқарма баслығының орынбасары М.Юсупбаев суў ҳәм электр энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша белгиленген ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтип, өткен жылда бақланғанындай қәте-кемшиликлердиң алдын алыў, хызметкерлердиң өз ўазыйпаларына жуўапкершилик менен қараўы бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги