Әййемги Кердердиң бүгинги жамалы

VI әсирдиң ақыры ҳәм VII әсирдиң басларында Әмиўдәрьяның Аралбойы аймағында өзиниң теңгелери, өзине сай ойма нағыслы гүләлшылығы ҳәм қалаларының жаңаша дүзилиси менен Кердер мәденияты пайда болады. Оның орайы Нөкис районы аймағындағы Ҳайўанқала қалашасы орнындағы Кердер қаласы болып табылады.
Атақлы тарийхшы В.. В. Бартольдтың пикири бойынша, бул қала ҳаққында дәслепки мағлыўматлар ат-Табарнның жергиликли қала халқының 728-жылғы арабларға қарсы көтерилиси бойынша жазған хабарларында келтирип өтиледи.
Сондай-ақ, араб тарийхшы-географлары Ал-Истахри ҳәм Ал-Макдиси де Кердерди қала деп атайды. Кердер туўралы ең соңғы еске түсириўлер болса, 902-903-жыллары дүзилген парсы тилиндеги авторы белгисиз «Худуд алалем» шығармасында көзге тасланады. Солай етип, Кердер қала сыпатында VIII-X әсир аралығында 300 жыл тарийх бетлеринде көрсетиледи.
Бул аймақта биринши илимий изертлеўлер Т. Жданко басшылығындағы 1947-жылы Хорезм археология-этнографиялық экспедициясының Қарақалпақ этнографиялық отряды тәрепинен 1947-жылы жүргизиледи ҳәм белгили тарийхшы С. П. Толстов Кердер қаласын бул жерде қазып жыйналған тарийхый материаллар тийкарында VII – X әсирге тийисли деп белгилейди.
Сондай-ақ, бул қаланы 1961-жылы тарийх илимлериниң докторы, профессор В. Н. Ягодин де изертлейди.
Усындай үлкен тарийх ҳәм мәдениятқа ийе Кердер қаласына 5-6 км қашықлықта 1979-жылы Россия салыгершилик совхозы шөлкемлестириледи. Сол жыллары бул аймақта аўыл халқының жасаўы ҳәм мийнет ислеўи ушын жаңа турақ жайлар, мектеп, бала бақша, клуб ҳәм халыққа хызмет көрсетиўши орынлар қурылып, халықтың турмысы абаданласа баслайды.
Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң бул аймақтың аты өзгертилип, оған ерте орта әсирдеги әййемги қала Кердердиң аты қойылады.
Бирақ, 2000-2001-жыллары жүз берген суўсызлық себепли, аўыл хожалығының аўҳалы төменлеп, экономикалық қыйыншылықларға байланыслы ширкет хожалығы тарқатылады ҳәм аўыл инфраструктурасы қараўсыз қалады. Буның ақыбетинде, ишимлик суў тармақлары, асфальт жоллар, байланыс тармағы тозып халықтың турмыс кешириўи қыйынласады.
Бүгинги Кердердиң жамалы
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстанға болған итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде, республикамыздың басқа аўыл аймақлары сыяқлы, Кердер елатына да айрықша дыққат қаратылып, Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм район ҳәкимлиги басшылары тәрепинен көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.


-Аўылымыз район орайынан әдеўир шетте жайласқанлықтан раўажланыўдан артта қалған еди,-дейди жыйын ақсақалы Караматдин Атамуратов.-Өткен жылдың өзинде «Абат шаңарақ», «Абат көше», «Абат мәҳәлле» принциплери тийкарында 18,5 км аралыққа жаңадан ишимлик суў тармағы, 4,7 км аралыққа электр СИП кабеллери тартылды, 2 км аралықтағы жолларға қумшағыл тас төселди. 44 шаңарақтың үйлериниң төбелери Самарқанда ўәлаяты Ақдәрья ҳәм Тайлақ районы ҳәкимликлериниң қәўендерлиги менен шиферланып берилди.
Сондай-ақ, жергиликли бюджет есабынан 2,5 км, «Ашық бюджет» порталы бойынша 2,5 км, «Менинг йулим» бағдарламасы тийкарында 800 метр аралықтағы жоллар асфальтланып, 7 км узынлықтағы көшелерге жақтыландырыў үскенлери орнатылды. Усылар менен бир қатарда, жыйын орайында Кердер дийқан базары, жасыл қапламалы футбол стадионы, 3 орында балалардың ойнаў майданшалары қурылып, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Мәҳәллелерге ажыратылған 500 млн сум қаржы есабынан болса, Мақсым аўыл, Таза посёлка елатларына заманагөй электр бағаналары орнатылды. Аймақта қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мақсетинде 4 орынға видеобақлаў үскенеси қурылды. Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде бой тиклеп атырған Мәденият үйи болса, жақын арада халыққа тапсырылады.
Ҳәр бир елдиң келешеги онда өсип киятырған жас әўладтың ҳәр тәреплеме саламат ҳәм билимли болып жетилисиўине байланыслы. Аўыл балаларының билимли, тәрбиялы ҳәм дүньяға деген көзқарасының кең болып жетилисиўинде аймақтағы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң тутқан орны айрықша.
–Мектебимиз 1987-жылы қурылған болып, бүгинги күни 492 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта,-дейди бизге мектеп директорының орынбасары Бахтияр Ажибаев.-Оқыў дәргайы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында, 2021-жылы капитал оңлаўдан шығарылды. Ҳәзир мектебимизде оқыўшылардың заман талабына сай билим алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып берилген. Спорт залымызда болса, миллий гүрес ҳәм дзюдо бойынша дөгереклер ислеп тур. Усындай қолайлы шараятлардың нәтийжесинде оқыўшыларымыз пәнлер олимпиадасы, спорт жарыслары ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.








Атап айтатуғын болсақ, быйылғы оқыў жылында өткерилген пәнлер олимпиадасында биологиядан 9-класс оқыўшысы Гүлмийра Әжиниязова, 11-класс оқыўшысы Замира Оразымбетовалар районда 1-орынды ийелеп, республикалық басқышта жоқары балл топлаўға еристи. Ал, мектеп оқыўшыларынан Нурсултан Алимбаев, Гүлзада Ералиева, Зинат Оразбаев, Азамат Байназаров, Асылбек Өмирбеков, Алибек Қонысбаевлар миллий гүрес бойынша Қарақалпақстан чемпионы болды. Өткен жылы мектебимизди питкерген Гөззал Масленова Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Динара Орынбаева Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына гүрес қәнигелиги бойынша оқыўға кириўге еристи.
Гүрес бойынша Өзбекстан чемпионы болған және бир питкериўшимиз Рәўшан Амангелидиева ҳәзирги күни жоқары оқыў орнын тамамлап, мектебимиз залында оқыўшыларға дзюдодан тәлим бермекте.
Әлбетте, бул жетискенликлер қатарында республикамызға белгили фермер Есенбай Айтмуратовтың да табысларын айтып өтпесек болмайды. Есенбай басқарған «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығы қарамал бойынша нәсилшиликке қәнигелескен хожалық болып, оның фермасында бүгинги күни 540 бас қарамал күтимли бағылмақта.
Истиң көзин билетуғын фермер елимизде фермерлерге жаратылып атырған қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып, сырт еллерден алып келинген сүтти қайта ислеўши заманагөй технологиялар жәрдеминде йогурт, сыр, қатық, қаймақ, творг ҳәм басқа да таяр өнимлерди ислеп шығарып, халқымыз дастурханына жеткерип бермекте.
Аймақта жайласқан еки қабаттан ибарат балалар бақшасы да мәмлекетлик бағдарлама тийкарында капитал оңлаўдан шығарылып, бул дәргайда да аўыл балалары заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.




Бул әлбетте, соңғы жыллары елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында исленип атырған жумыслардың кишкене бир бөлеги ғана. Усылардың қатарына жаслар ҳәм ҳаял-қызларға көрсетилип атырған ғамқорлықларды киргизсек орынлы болады. Ең тийкарғысы, бул ғамқорлықлардан руўхланған аўыл халқының ертеңги абадан турмысқа деген исеними беккем. Бул көтериңки кейпиятта илим-билим ҳәм кәсип-өнер үйрениўге умтылған жаслардың жайнап-жаснап турған көзлеринен байқалады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы