Нызам үстинлиги тәмийинленбекте

308


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Онда министрлик ҳәм оның бөлимлери тәрепинен 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, министрликке ҳәм оның район (қала)лық бөлимлерине физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 6059 мүрәжат келип түсип, соннан 3568 мүрәжат қанаатландырылған. Судларға 17 миллиард 207 миллион сумлық 1567 даўа арза киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленип нызам үстинлиги тәмийинленбекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлериниң орынланыўын қадағалаў тараўында өткен жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 75933 жағдайда нызамбузыўшылыққа жол қойылғаны анықланды. Оны сапластырыў бойынша 1269 усыныс, 565 ескеритиўлер берилип, 1688 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде үйрениўлер өткерилди. 951 лаўазымдағы ҳәм жуўапкер хызметкер ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. Усынысларға тийкарланып пуқаралардың 19 миллиард 637 миллион сумлық қаржысы қайтарылды ҳәм төлеп берилди.

Ҳуқықый хызмет көрсетиў тараўында ҳәзирги ўақытта республикамызда 61 жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар, 167 адвокатлық структураларда 194 адвокат хызмет көрсетпекте. Қала ҳәм районлық әдиллик бөлимлериниң қурамында 17 юридикалық хызмет көрсетиў орайы жумыс ислеп, олар тәрепинен 20 мәмлекетлик уйымға, 726 мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплерине, 436 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине ҳәм 97 көп тармақлы ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға хызмет көрсетилмекте.

Орайларға (E-huquqshunos) электрон системасы арқалы хызмет көрсетилетуғын мәкеме ҳәм шөлкемлерден 600 мыңға шамалас ҳүжжет келип түсип, соннан 579916 ҳүжжетке унамлы жуўап берилип, 2583 ҳүжжет жойбарлары нызамшылық талапларына муўапық болмағанлығы ушын қайтарылды.

Министрликтиң қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен тийисли ҳәкимликлерге 45 усыныс берилди. Сондай-ақ, 49 ҳәкимлик ҳүжжет бийкар етилип, 288 ҳүжжет әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапықластырылды.



Баспасөз конференциясында мәмлекетлик хызмет көрсетиў орайлары, ПҲАЖ уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырыў, үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бағдарында әмелге асырылған жумыслар туўралы да мағлыўматлар берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги