Қазақстанда электросамокат, мопед, скутер айдаўшылары ушын жол қурыў мәселеси көрип шығылмақта, деп мәлим етти Қазақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳәкимшилик полиция комитетиниӊ баслығы Қайсар Султанбаев.

– Жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерислер киргизилди. Буған шекем мопед, электросамокат  ҳәм скутер айдаўшыларына қойылатуғын талаплар және де күшейтилетуғыны айтылған еди, – дейди ол Орайлық коммуникациялар хызмети майданында өткерилген баспасөз әнжуманында. -_Енди  бул нызам менен тәртипке салынады. Жумыс тек ғана профилатикалық ҳәрекетлер, акциялар менен шекленбейди, жол ҳәрекети қағыйдаларын бузған шахслар жуўапкершиликке тартылады.

Бирге ислесиўшимиз “Казинформ”ныӊ хабар бериўинше, самокат ҳәм скутерлерди ижараға беретуғын шөлкемлер менен бирге ислесилмейди. Олар “GPS” арқалы басқарылады ҳәм техникаларда ҳәрекет тезлигин шеклеў функциясы да бар.

Электр скутерлер ҳәрекетиниӊ максимал тезлиги саатына 6 километрди қурайтуғыны айтылды. Сондай-ақ, министрликтиӊ ўәкили самокатларды қоятуғын орын машқаласы да көрип шығылғанын мәлим еткен.

Б.Худойбердиев, ӨзА