Денсаўлықты сақлаў системасына жасалма интеллект технологиялары енгизиледи

337

“Халық саламатлығы — 2030” стратегиясы жойбарыныӊ 2024-2026-жылларға мөлшерленген әмелий илажлар режесине бола, мәмлекетимиздеги 565 саламатландырыў-профилактика шөлкеминде жасалма интеллект технологияларын енгизиў режелестирилмекте.

Усы мақсетте:

— 475 мыӊ хызметкердиӊ санлы технологиялар бойынша маманлығын арттырыў;

— “KfW” банкиниӊ “Санлы денсаўлықты сақлаў реформаларын қоллап-қуўатлаў” жойбары шеӊберинде санлы денсаўлықты сақлаў бирден-бир пратформасын жаратыў;

— медицина тараўында көрсетилип атырған хызметлерди санластырыў;

— саламатландырыў-профилактика шөлкемлерин мәлимлеме-техника қураллары менен тәмийинлеў арқалы материаллық- техникалық базасын беккемлеў;

— медицина хызметкерлериниӊ санлы технологиялар менен тәмийинленгенлик дәрежесин 100 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги