Шавкат Мирзиёевтиӊ Қытайға мәмлекетлик сапары алдынан усы мәмлекеттиӊ Өзбекстандағы елшиси Юй Сзюнныӊ “Женмин жибао” газетасында еки тәреплеме бирге ислесиўге бағышланған мақаласы басып шығарылды. Онда айтылыўына бола, 2023-жылдыӊ 11 айы даўамында өз-ара товар алмасыў көлеми жаӊа рекорд дәрежеге жетти ҳәм 12,2 миллиард долларды қурады.
Инвестициялық бирге ислесиў сезилерли дәрежеде беккемленди, гуманитарлық бирге ислесиў тараўына қызығыўшылық артып бармақта, еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлары хылқымыз қәлбинен тереӊ орын алған.
Дипломатқа бола, Қытай Өзбекстан менен еки мәмлекет басшылары арасында ерисилген әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыў, “Бир мәкан, бир жол” ҳәм Жаӊа Өзбекстанды биргеликте қурыў, сондай-ақ, жоқары дәрежедеги қатнасықларды турақлы раўажландырыў ушын жәрдемлесиўге таяр.
Қарақалпақстан хабар агентлиги