Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиӊ гезектеги есабатына бола, дүнья бойлап оба менен кеселлениў көрсеткишлери артып бармақта.
Эпидемия ошақларыныӊ көбейиўи, кеселликке қарсы вакцина ҳәм медициналық ресурс жетиспеўи болса машқаланыӊ аўыр екенин аӊлатады. Соныӊ ушын ЖДСШ глобал дәрежедеги қәўипти оғада жоқары деп баҳаламақта.
Таллаўларда атап өтилиўинше, өткен жылы 667 мыӊнан аслам адамға оба диазнозы қойылып, олардыӊ 4 мыӊнан асламы қайтыс болған.
Еӊ апатшылықлы эпидемиялар Малави ҳәм Гаитиде жүз берди. Атап айтқанда, кеселлик Малавида 1771, Гаитиде болса 1156 адамныӊ өлимине себеп болды.
“The Guardian“ басылымыныӊ жазыўына бола, ҳәзир де эпидемиялогиялық жағдай жаман. Жаӊа жыл басынан берли 30 мәмлекетте обаныӊ өсиў динамикасы бақланбақта. Бул болса ЖДСШ классификациясына бола, 3-дәрежели айрықша жағдай болып табылады.
Ибрагим Утеулиев,
ҚМУ, сыртқы бөлими журналистика
тәлим бағдарыныӊ 2-Б курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги