Сенат Баслығы: барлық күш ҳәм ресурслар халқымызды разы етиўге жумсалды

Сенаттың қырқы тоғызыншы жалпы мәжилиси даўам етпекте. Мәжилисти кирис сөз бенен ашқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева 2023-жыл мәмлекетимиз турмысының барлық тараўларында, әсиресе, сиясий бағдарда оғада әҳмийетли ўақыя-ҳәдийселерге, процесслерге бай болғанын атап өтти.
– Халықаралық майданда қыйын жағдай сақланып қалып атырғанына қарамастан, мәмлекетимизде социаллық-экономикалық тараўлардағы реформалар исеним менен әмелге асырылды, – деди Т.Норбоева. – Жаңа Өзбекстан – 2030» стратегиясының қабыл етилгени Президентимиз басшылығындағы кең көлемли ҳәм артқа қайтпайтуғын реформаларымыздың тийкарғы бағдарламасы болды.
Тараў ҳәм тармақларды диверсификациялаў, аймақларды раўажландырыў, жаңа өндирис қуўатлылықларын иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларды арттырыў, социаллық хызметлер көлемин ҳәм сапасын арттырыў, руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы әҳмийетли мәселелерди шешиў бағдарындағы ҳәрекетлер сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа алып шығылды. Нәтийжеде қаншелли қыйын болмасын экономикада турақлылық тәмийинленди.

Жәҳән банки тәрепинен берилген баҳаларға бола, Өзбекстан экономикасының өсиўи өткен жылы 5,5 процентти қураған. Усы жылы да бул көрсеткиш сақланып қалатуғыны прогноз етилмекте.
Сенат Баслығының атап өтиўинше, барлық күш ҳәм ресурслар белгилеп алынған программалық ўазыйпаларды әмелге асырыўға, бир сөз бенен айтқанда халқымызды разы етиўге жумсалды.
2023-жылы парламент, атап айтқанда Сенат ушын да жуўапкершиликли болды. Бәринен бурын, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкарын жаратыў ҳәм беккемлеўге тийкарғы әҳмийет қаратылды.
Итибарға ийе тәрепи, жыл даўамында көрип шығылған жәми 91 нызамның дерлик 30 проценти пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын жетилистириўге қаратылды.
Және бир тийкарғы бағдар есапланған социаллық қорғаў ҳәм улыўма социаллық мәселелер бойынша 10 нан аслам нызамлар мақулланды. Қалаберсе, бул бағдарда тек ғана нызамларды көрип шығыў менен шекленилместен, ал әҳмийетли нызамшылық басламалары да көрсетилди.
Соның ишинде, Сенаттың басламасы менен жынаят нызамшылығына «шаңарақлық (турмыслық) зорлық» түсиниги киргизилиўине ерисилди. Ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлерге жынысый зорлыққа қол урғанларға нызамшылықты нәзерде тутылған жеңилликлер берилмеўи, жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиў ямаса жазаны жеңилирегине алмастырыў, жарасқаны мүнәсибети менен жуўапкершиликтен азат етиў сыяқлы илажлар қолланылмайтуғыны қатаң белгилеп қойылды.
Норгул Абдураимова,
Носир Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА