Лаўазымларға таңлаў қалай әмелге асырылмақта?

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкилери, қала ҳәм район ҳәкимликлериндеги мәлимлеме хызметлериниң басшылары ҳәм блогерлер ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Баспасөз конференциясында Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң мәмлимлеме хызмети баслығы С.Закирова, агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығының орынбасары А.Реимбаев, бас инспекторы К.Сейтниязовлар шығып сөйлеп, орынларда агентлик ҳәм оның филиаллары тәрепинен мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердеги лаўазымларға талабанларды таңлаў тийкарында қабыл етиўдиң әҳмийетине тоқтап өтип, филиал тәрепинен бул бағдарда 2023-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, агентликтиң «vacancy.agros.uz» порталында жәрияланған 1328 вакант лаўазымлар ушын жыл даўамында 29 мыңға шамалас талабаннан ҳүжжет келип түскен. Таңлаў жуўмағына жеткен 1231 вакант лаўазымлар 549 (45%) маман қәнигелер менен толықтырылып, 682 (55%) вакант лаўазым таңлаўға қайтадан шығарылды.
Миллий кадрлар резервине 75 ҳәм перспективалы кадрлар резервине 45 талабан киргизилип, олардан 21 и басшы лаўазымларға тайынланды.
Есап бериў дәўиринде, 46 семинар-тренинг шөлкемлестирилип, жәми 1659 мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелери арттырылды.
– Лаўазымларға тайынлаўда керекли басқа мағлыўматлар да топланып барылады. 2023-жыл даўамында 14 социаллық сораўнама өткерилди. Усы аноним сораўнамаларда 3160 мәмлекетлик пуқаралық хызметкер, 1388 жоқары оқыў орынларының питкериўшилери, 5632 пуқара ҳәм 685 мәҳәллелердеги үшлик хызметкерлери қатнасты,-дейди бас инспектор К.Сейтниязов.
Министрликлерде, шөлкемлерде хызметкерлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине әмел етилиўи бойынша 44 мәрте үйрениў ҳәм мониторинг жумыслары әмелге асырылып, нәтийжелери бойынша 15 усыныс, 11 ескертиў хаты берилди, 15 лаўазымлы шахс интизамый жуўапкершиликке тартылды.
Мәмлекетлик уйымлардағы 5611 мәмлекетлик пуқаралық хызметкерден 5568 и дәслепки медициналық тексериўден өткерилип, саламатландырыў илажлары көрилди.
Республика бойынша 68 район (қала)лық сектор басшыларының ҳәм 106 район (қала) ҳәкими орынбасарларының жумыслары нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳаланып барылды. Агентликтиң ҳәм филиалардың жумысларын ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда сәўлелендирип барыў ушын 700 ден аслам материал жәрияланды.
Республикадағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, министрликлер менен шөлкемлердеги 54 әдеп-икрамлылық комиссиясының жумыслары муўапықластырылды ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларын бузған 39 хызметкерден 25 хызметкерге тәсир шаралары, 14 хызметкерге интизамый тәсир илажлары көрилди.
Бул бағдардағы жумысларды еле де кеңейтиў, тараўды және де раўажландырыў, пуқаралардың хабардарлығын арттырып, олар ушын көбирек қолайлықлар жаратыў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Тараўға байланыслы нызамшылықты ҳәм оннан келип шығатуғын ишки қағыйдаларды, лаўазымларға таңлаў қағыйдаларын еле де жетилистириў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Баспасөз конференциясында лаўазымларға талабанларды таңлаў, мәмлекетлик хызметлердиң айырымларындағы ўазыйпаларының көплиги, қәнигелердиң тәжирийбесин арттырыў мақсетинде семинарлар шөлкемлестириў, хызметкерлердиң абырайын көтериў, мийнет ҳақысын арттырыў, вакант орынларға тайынлаўдағы таңлаўларға араласып мәкеме басшыларының өзине дәрек адамларды алыўға ҳәрекет етиўи ямаса сырттан араласыў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.



Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги