Бүгин, 2024-жыл 19-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Соның менен бирге, Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылмақта.

Мәжилис күн тәрибине 15 мәселе киргизилген. Олардың арасында «Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша жумыстың ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар бар.

Сондай-ақ, «Айырым категориядағы жынайый қылмыслар ушын жуўапкершилик либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 248-статьясына қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўдың және де раўажландырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Бажыхана кодексине бажыхана тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасы миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылады.

«Өзбекстан Республикасы менен Иран Ислам Республикасы арасында қамақтағыларды тапсырыў ҳаққындағы Шәртнаманы (Тегеран, 2023-жыл 18-июнь) ратификациялаў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасы менен Вьетнам Социалистлик Республикасы арасында жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртнаманы (Ханой, 2022-жыл 14-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамлардың мақулланыўы күтилмекте.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянатты, Суў хожалығы министриниң ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлемесин тыңлайды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жайлаўлар деградациясының азық-аўқат қәўипсизлигине, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўға ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсири бойынша парламентлик сораў жибериледи.

Жоқары суд баслығының биринши орынбасарын лаўазымынан босатыў ҳаққындағы мәселер көрип шығылады.

Норгул Абдураимова,

Носир Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзА