Қәдирли ата ҳәм аналар!

Ҳүрметли апа-қарындаслар!

Әзиз жаслар!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Барлығымызға жақсы мәлим, кейинги жыллары ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиӊ басшылығында мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, оныӊ ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ 8-январь – Өзбекстан Республикасы Прокуратура уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында тараў хызметкерлери ҳәм ветеранларыныӊ усы жолдағы хызметлери мүнәсип баҳаланып, алдымызда турған әҳмийетли мәселелер анық көрсетип берилди. Әлбетте, биз булардыӊ барлығын прокуратура уйымлары жумысына берилип атырған жоқары итибардыӊ және бир әмелий көриниси сыпатында қабыл етемиз ҳәм бул исенимди ақлаў ушын буннан былай да бар күш-ғайратымыз, билим ҳәм тәжирийбемизди жумсаймыз.

Әзиз ўатанласлар!

Ҳәзирги ўақытта Президентимиз тәрепинен нызамлар қағазда емес, әмелде қатаӊ орынланыўы, реформалар ҳәр бир шаӊарақ, ҳәр бир мәҳәллеге кирип барыўы, ўатанласларымыз олардыӊ әмелий нәтийжесин күнделикли турмысында бәрқулла сезиўи зәрүрлигине айрықша итибар қаратылмақта.

Әлбетте, әне усындай нәтийжелерге ерисиўде прокуратура уйымлары хызметкерлери айрықша пидәкерлик көрсетип, барлық тараў ҳәм тармақларда нызамлылықты тәмийинлеўде өрнек және үлги болыўы оғада әҳмийетли.

Биз буны тереӊ түсинген ҳалда өз жумысымызды жаӊаша тийкарда шөлкемлестириў бойынша зәрүр илажларды анық белгилеп алдық.

Бәринен бурын, халқымызға және де жақын болып мәмлекетимизде нызам ҳәм әдиллик үстинлигин, тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў жумысларамыздыӊ тийкарғы өлшеми болады.

Әсиресе, орынларда халықты қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды жедел сапластырыў, мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, оларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы прокуратура уйымларыныӊ турақлы итибарында болып қалады.

Мәҳәллелер дәрежесине түсип жүзеге келип атырған машқалаларды мәҳәлле халқы менен мәсләсәҳлесип ҳәм биргеликте шешемиз.

Әсиресе, барлығымыздыӊ күнделикли турмысымызда әҳмийетли орын тутатуғын билимлендириў, медицина ҳәм коммуналлық хызмет тараўларындағы өз шешимин таппаған мәселелердиӊ себеплерин анықлап, оларды айрықша көзқарас тийкарында шешиў бойынша қатаӊ қадағалаў орынатылады.

Халықтыӊ бәнтлигин, жаӊа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған бағдарламалардыӊ орынланыўын тәмиийнлеў, экологиялық орталықты, тәбийғый байлықлар ҳәм мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў бағдарындағы жумысларымыз жедел даўам еттириледи.

Жаслар ҳәм бизнести қолап-қуўатлаў жылында физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик жас әўладты тәрбиялаў, оныӊ ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, нәўқыран ул-қызларымыздыӊ алға қойып атырған басламаларын әмелге асырыўына айрықша итибар қаратамыз.

Халық, әсиресе, жасларымыздыӊ ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыў, жаӊаланған Конституциямыз ҳәм нызамларымызға ҳүрмет-итибар сезимин және де күшейтиў, ҳәр бир жерлесимиздиӊ оларға қатаӊ әмел етип жасаўын тәмийинелеў бойынша үгит-нәсият жумысларын сапа жағынан жаӊа басқышқа алып шығамыз.

Мәмлекетимизде қолайлы бизнес орталығын жаратыў, исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, олардыӊ жумысына нызамсыз араласыўды ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған жумысларды және де күшейтемиз.

Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы бағдарламалардыӊ орынланыўы айрықша қадағалаўға алынып, бюджет қаржыларыныӊ мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў, талан-тараж етилиўиниӊ алдын алыў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам еттириледи.

Тийисли министрлик ҳәм уйымлар, кеӊ жәмийетшилик пенен биргеликте ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўге және де үлкен әҳмийет беремиз. Онда тийкарғы итибарды жынаяттыӊ ақыбетине қарсы гүресиўге емес, бәринен бурын, оны келтирип шығарып атырған факторлар менен себеплерди сапластырыўға қаратамыз.

Әлбетте, турмысымызда коррупция жағдайларыныӊ бар екенлиги бәршемизди қатты тәшиўишке салады. Жәмийетимизде бул иллетке қарсы маўасасызлық орталығын қәлиплестириў ҳәм қатаӊ гүрес алып барыў келешекте де прокуратура уйымларыныӊ биринши гезектеги жумысы болып қалады.

Бул бағдарда мәмлекетлик уйымларда коррупциялық жағдайлардыӊ ерте алдын алыўға айрықша итибар қаратылады. Бул ушын министрлик ҳәм уйымлардыӊ ишки қадағалаў структураларыныӊ жумысы және де күшейтиледи. Тараў ҳәм тармақлардыӊ жумысын санластырыўға байланыслы ўазыйпалардыӊ орынланыўы қатаӊ қадағалаўға алынады.

Еӊ әҳмийетлиси, бул бағдардағы ҳәр бир хабар ҳәм мағлыўматлар жедел түрде үйренилип, кескин илажлар көрип барылады.

Коррупция менен байланыслы ҳәр бир жынаятты өз ўақтында анықлаўда сиз мәҳәлле, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм нуранийлар шөлкемлериниӊ белсендилерине, түрли мийнет жәмәәтлериндеги жанкүйер ҳәм ўатанды сүйиўши инсанларға, олардыӊ әмелий жәрдеми ҳәм бирге ислесиўине сүйенемиз.

Биз турмысымызды жынаятшылық ҳәм коррупциядан жырақ етиўде үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе прокуратура ветеранларыныӊ имканиятынан да кеӊнен пайдаланамыз.

Бул бағдарда мәмлекетлик емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм блогерлер менен тығыз бирге ислесиўди күшейтемиз.

Биз мәмлекетимизде алып барылып атырған кеӊ көлемли реформалар талабынан келип шыққан ҳалда барлық дәрежедеги прокуратура уйымларыныӊ жумысын сын көзқараста талқылап, баҳалап, анықланған машқалаларды жедел шешип барыўды системалы түрде жолға қоямыз.

Бул процессте қатарымызда тек ҳадал ҳәм пәк, әзиз Өзбекстанымызға садық ҳәм пидайы хызметкерлер ислеўине биринши дәрежели итибар қаратамыз.

«Жаӊа Өзбекстан прокуратурасы хызметкери» деген үлкен абырайға дақ түсиретуғын нәпәк, өзиниӊ ўазыйпалары менен ўәкилликлеринен пайдаланатуғын, пуқараларды писент етпей ҳәм қопал қарым-қатнаста болатуғын, бийпәрўа адамлардыӊ арамызда болмаўы ушын еӊ кескин илажларды көремиз.

Прокуратура уйымларына мәмлекетимиздеги тарийхый өзгерислерди тереӊ түсинетуғын, заманагөй пикирлейтуғын, билимли, ўатанын сүйиўши ҳәм излениўшеӊ жас кадрларды хызметке алыў, барлық қәниге ҳәм хызметкерлеримизди шын мәнисиндеги нызам ҳәм ўатан қорғаўшысы етип тәрбиялаўға үлкен әҳмийет беремиз.

Алдымызда турған ўазыйпалардыӊ орынланыўы прокуратура уйымларыныӊ жумысын санластырыў, бул системаға заманагөй илим ҳәм әмелият жетискенликлерин кеӊнен енгизиў, хызметкерлердиӊ билим дәрежесин арттырыў менен байланыслы. Сонлықтан бул бағдарда да үлкен жумысларды әмелге асырамыз.

Әне, усы оғада зәрүр ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў ҳәм тараўдағы жумысларды жаӊа басқышқа алып шығыўда Бас прокурор сыпатында мен пүткил жуўапкершиликти өз мойныма аламан.

Исенимим кәмил, өз өмирин нызам ҳәм әдилликти тәмийинлеўдей оғада уллы иске бағышлаған ҳәр бир прокуратура хызметкери бүгинги күнде мойнындағы ўазыйпаны жоқары жуўапкершилик ҳәм ўатан сүйиўшилик сезими менен орынлаўды өзи ушын үлкен абырай деп биледи.

Биз әне, усындай пидәкерлик мийнетимиз бенен Жаӊа Өзбекстанды – ҳәр бир ўатанласымыз еркин ҳәм абадан жасайтуғын мәмлекетти қурыўға мүнәсип үлес қосамыз.

Қәдирли ўатанласлар!

Прокуратура уйымлары «Нызам – үстин, жынаятқа жаза сөзсиз» деген ийгиликли принцип тийкарында мәмлекетимизде барлық тараў ҳәм тармақларда нызамлылықты тәмийинлеўде биринши гезекте, халқымыздыӊ қоллап-қуўатлаўына сүйенеди.

Халық ҳәм мәмлекет мәплерин биринши орынға қойып, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин жоқары қәдирият сыпатында тәмийинлеп, прокуратура уйымларын шын мәнисиндеги халықшыл структураға айландырыў – бизиӊ тийкарғы мақсетимиз.

Елимиздеги барлық нызам сақшылары,  нураний ата-аналарымыз, меҳрибан апа-қарындасларымыз, түрли тараў ҳәм тармақларда мийнет етип атырған пидайы жумысшы ҳәм хызметкерлер, шебер исбилерменлер, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер, нәўқыран жасларымыз, дөретиўши зыялыларымыз, пүткил халқымыз бенен биргеликте жумыс алып барып, әне усындай ийгиликли мақсетлеримизге, әлбетте, ерисемиз, деп исенемен.

Әзиз ўатанласлар, келиӊ, бәршемиз усы жолда ҳүрметли Президентимизди қоллап-қуўатлап, нызам үстин, әдиллик ҳүкимдар болған жәмийетти биргеликте қурайық!


Ниғамтилла Йулдошев,

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(«Халқ сўзи» 2024-жыл 16-январь №11 саны)