Кеше футбол бойынша Азия кубоги топар басқышының 2-тур ойынлары шеңберинде Өзбекстан сайланды командасы Ҳиндстанға қарсы ойын өткерди.

Ушырасыўды көтериңки руўхта баслаған елимиз футболшылары ойынның 4-минутында Ҳиндстан дәрўазасына гол урыўға еристи. Гол авторы келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын футболшы  Аббосбек Файзуллаев болды.

Ал, ушырасыўдың 18-минутында Аббосбек баслап берген ҳүжимди  Игор Сергеев гол менен жуўмақлаўға еристи.

Биринши таймның соңында болса, Фаррух Сайфиев тәрепинен узатылған топты Шерзод Насруллаев қарсылас командасына анық жоллап, есапты ири көриниске алып келди.

Екинши таймда болса, еки команда да гол урыўға ҳәрекет етти. Бирақ, ойындағы есап өзгерместен қалды.

Ал, усы топардың екинши жуплығында болса, Австралия Сирияны 1:0 есабында жеңип шықты.

Солай етип, өткерилген еки турдан соң Өзбекстан сайланды командасы 4 упай менен Австралиядан соң екинши орынды ийелеп келмекте. Сречко Катанец шәкиртлери өзиниң гезектеги ойынын 23-январь күни Ташкент ўақты менен саат 16:30 да Австралияға қарсы өткереди.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы