Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында Германия бирге ислесиў шөлкеминиң (GIZ) ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Онда филиал директоры А.Есимбетов жойбар басшысы Беате Счореит, шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасындағы жойбарларының координаторы А.Қурбановлар өз-ара сәўбетлести.

Сөйлесиўлер даўамында Германия бирге ислесиў шөлкеми тәрепинен филиал лабораториясы ушын берилген 16 атамадағы 102 дана үскенениң әмелиятқа енгизилгени атап өтилди. Келешекте биргеликте ири жойбарларды әмелге асырыў, филиал оқытыўшыларының Германияның абырайлы жоқары оқыў орынларында стажировка өтеўин жолға қойыў, усы мәмлекеттиң тәжирийбесин терең үйрениў ҳәм турмысқа енгизиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.


Ушырасыўдан соң мийманлар филиал лабораторияларындағы жумыслар менен жақыннан танысты. Ондағы үскенелерден пайдаланыў процесслерин көзден өткерди. Усы жердиң өзинде студентлер менен ашық сәўбетлесиў болды. Жаслар лабораторияда жаратылған шараятлардан кеўли толып атырғанлықларын билдирди ҳәм әмелий бирге ислесиў ушын мийманларға миннетдаршылық билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги