Илим халықтың абаданлығы ушын хызмет етиўи керек
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ тәбият илимлери илимий-изертлеў институты тийкарынан Қарақалпақстан Республикасын турақлы раўажландырыў мәселелерин изертлеў мақсетинде регионда жүз берип атырған социаллық-экономикалық машқалаларды математикалық модельлестириў ҳәм прогнозлаў, ярым өткизгишли ҳәм органикалық бирикпелер тийкарында заманагөй электроника мәселелерин изертлеў, жергиликли шийки зат, ҳәр қыйлы өндирислик шығындылар тийкарында бириктириўши ҳәм қурылыс материалларын алыў ушын ресурс үнемлеўши технологияларды ислеп шығыў, Қарақалпақстан Республикасы аймағының геологиялық дүзилисин ҳәм ондағы нефть-газ бар жерлерди үйрениў жумысларын алып барады. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының дәрилик-техникалық әҳмийетке ийе болған өсимликлерин үйрениў, олардағы биологиялық актив элементлер – углеводлар, лигнинлер, фенол бирикпелериниң дүзилисин анықлаў ҳәм ажыратып алыў усылларын изертлеў, Қубла Аралбойының қоршаған орталығын қорғаў ҳәм тәбийғый ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери, Аралбойы биокөптүрлилиги, азайып ҳәм жоғалып баратырған түрлердиң генофондын сақлап қалыў, биоресурслардан турақлы пайдаланыўдың экологиялық тийкарлары бойынша үйрениў жумысларын алып барады.
Қарақалпақ тәбият илимлери илимий-изертлеў институты тәрепинен өткен жыл даўамында бир қатар илимий-изертлеў жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда, химия лабораториясы тәрепинен «Қубла Аралбойы минерал шийки заты ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў тийкарында бириктириўши системаларды алыўдың илимий тийкарларын жаратыў ҳәм олардың физикалық-химиялық қәсийетлерин үйрениў» темасында илимий жумыслар әмелге асырылды. Себеби, қурылыс материалларына болған талап күннен-күнге артып бармақта. Мәселен, қурылыста ең көп пайдаланылатуғын гербишти саз топырақтан емес, ал қум ҳәм басқа да шийки затлар тийкарында ислеп шығарыў зәрүрлиги де туўылмақта. Гербиш таярлаўда саз топырақтан пайдаланылғанда егислик жерлерге, жердиң структурасына үлкен зыян тийгизилмекте. Қарақалпақстанда тәбийғый қумлықлар көп. Олардан утымлы пайдалансақ жасыл тәбиятқа келтирилип атырған зыян азайып, пайдалы қурылыс материалын алыўымызға болады. Ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласында усындай өнимлерди ислеп шығарыўға мөлшерленген кәрхана қурылып, жумыс баслаў алдында турыпты.

Жаңа жоқары нәтийжели бириктириўши элементлер алыў мақсетинде Үстирт регионындағы (Үрге, Рәўшан, Айбүйир) гипсли минерал кәнлердиң ҳәр қыйлы вертикал ҳәм горизонтал қатламларынан байланыстырыўшы элементлерге тийисли минерал шийки зат таңлап алынды. Химиялық, физикалық-химиялық ҳәм физикалық-механикалық сынақлар ушын минерал шийки зат үлгилери таярланды.
Әпиўайы ҳәм гидрометрикалық қаттыласыў шараятында композит, бириктириўши элементлерди химиялық, физикалық-химиялық ҳәм физикалық-механикалық қәсийетлерин үйрениў бойынша тәжирийбелер өткерилди.
Сондай-ақ, институтымызда «Қарақалпақстан агрорудалары тийкарында жаңа түрдеги агроминерал төгинлерди алыўдың нәтийжели технологиясын ислеп шығыў», «Тәбийғый ресурслардың биологиялық актив элементлерин (өсимлик, ҳайўанлар, микробиологиялық) ҳәм синтетикалық аналогларын жаңа материаллар, олар тийкарында наноструктураларды жаратыў ҳәм ҳәр қыйлы фаромокологиялық кластерлерди қәлиплестириў ушын ҳәр тәреплеме үйрениў», «Қуслар ушын (таўық, үйрек, ғаз ҳ.т.б) Арал теңизиниң артемия цистасы тийкарындағы азықлық қосымшасына ийе болған жаңа түрдеги азықлық затларды алыў ҳәм қуслардың азықлық рационын жаратыў» темаларында жумыс алып барылды.

Институтымыз тәрепинен әмелге асырылып атырған илимий-изертлеў жумысларының баслы мақсети де, жаңалықлар ең дәслеп халқымыздың абаданлығының артыўына, аўырын жеңил етиўине хызмет етсе, деймиз.
Илимий журналларда жәми 23 мақала, соннан 5 мақала Scopus ҳәм Web of Science базасына киргизилген журналларда, 9 мақала басқа журналларда, 2 мақала FМДА журналларында, 7 мақала жергиликли журналларда жәрияланды.
Сондай-ақ, 63 мақала ҳәр қыйлы илимий-әмелий конференциялардың материалларында ҳәм басқа илимий топламларда баспадан шықты. Соннан, 2 мақала сырт еллерде өткерилген конференциялардың материаллары, 3 мақала FМДА мәмлекетлеринде өткерилген конференциялардың материаллары топламларында шығарылды. Бир монография, еки оқыў қолланбасы, соннан биреўи сырт елде баспадан шығарылды.
Бир патентке талапнама таярланды. Бес қолланба енгизиўге таярланып, соннан төртеўи енгизилди.
Институтымыз тәрепинен бул бағдардағы илимий-изертлеў жумыслары нәтийжели даўам етпекте.
Ҳ.Атажанов,
ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң
Қарақалпақ тәбият илимлери илимий-изертлеў институты
директорының орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги