Ендигиден былай экспортты қоллап-қуўатлаў системасы өзгеретуғыны белгиленди.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте мәлим етилди.

Жәҳән саўда шөлкеминиң талаплары тийкарында Экспорт агентлиги Саўданы раўажландырыў компаниясы сыпатында қайта дүзиледи.

Жаңа системаға муўапық, Инвестиция министрлиги сырт елдеги қайсы базарда қандай өнимлер өтимли екенин анықлайды. Оларға кириў ушын ҳүкиметлераралық келисимлерге ериседи.

Саўда-санаат палатасы болса исбилерменлерге жаңа базарлар талапларына бейимлесиўге жәрдемлеседи.

Компания беретуғын субсидия, кредит ҳәм жәрдемлер жаңа исбилерменлик рейтинги тийкарында, бәринен бурын, жоқары қосымша қун өним менен жаңа базарларға шығып атырған экспортшыларға ажыратылады.

1-марттан бул системаны енгизиў тапсырылды.

ӨзА