Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында өткерилип атырған мәжилисте инвестиция, санаат ҳәм экспорт комплекси ушын жуўапкер Бас министрдиӊ орынбасары Ж.Хўжаев шерек жуўмағына шекем өзгерис ислемесе, лаўазымына ылайқлы екени көрип шығылатуғыны ҳаққында ескертилди.

 Өз системасындағы кемшиликлер ҳәм немқурайды қарағаны ушын Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниӊ орынбасары Ю.Обидов ҳәм Техникалық тәртипке салыў агентлигиниӊ басшысы Д.Сатторов лаўазымынан азат етилди.

Инвестиция комплексине киретуғын министр ҳәм ҳәкимлердиӊ режелери ҳәм нәтийжелери төмен дәрежеде болған орынбасарлары жумыстан босатылып, оларға анық KPI белгиленетуғыны ҳәм буннан соӊ бир жыл мүддетке шәртнама тийкарында жумысқа алынатуғыны белгиленди. Нәтийжеге қарап шәртнама созылады яки бийкар етиледи.

 

ӨзА