Ўатан – муқаддес дәргай

Нөкис қаласындағы Имам ийшан Муҳаммед жомъе мешитинде «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет қүдирети, үлкен мақтаныш ҳәм садықлық тымсалы» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Илажда усы жерде өз тәжирийбесин арттырып атырған Хорезм ўәлаятының ҳәм республикамыздың имам-хатиблери ҳәм имам-найыблары, Нөкис Муҳаммед ибн Аҳмад ал-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журтының муғаллимлери ҳәм талабалары қатнасты.
Онда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлими подполковниги С.Тошматов, капитан Б.Қырғызбаев, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Б.Разов, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы жанындағы имамлардың тәжирийбесин арттырыў бөлими Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы А.Абибуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ўатанға муҳаббат, оны қәстерлеп сақлаў тек ғана ўатан қорғаўшыларының емес, ал, усы журт перзентимен деген ҳәр бир инсанның миннети екенлигин атап өтти.


Атап өтилгениндей, Ўатанды анаға теңеў, оған садықлық пенен хызмет етиў оғада үлкен саўаплы ис. Бир түн уйқысыз болып, ўатанды қорғаўдың саўабы да үлкен екенлиги ҳәдислерде де көрсетип өтилген.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги