Оқыўшылар қатардағы әскерлер менен ушырасты

171

Өсип киятырған жасларды ана ўатанға садықлық руўхында бәркамал инсан етип тәрбиялаў  мақсетинде елимизде өткерилип атырған руўхый-ағартыўшылық, мәдений илажлар, ушырасыўлар даўам етпекте.

Усындай илажлардың бири «Хожели районындағы 15-санлы үлыўма билим бериў мектебинде де болып өтти.

Онда усы мектеп оқыўшылары менен мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлериниң қатарында хызмет етип атырған әскерий хызметкерлер ушырасып, ўатан ҳаққындағы өз пикирлери менен ортақласты.

Илажда МҚХ шегара әскерий бөлими подполковниги О.Мадолимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қураллы күшлеримизде алып барылып атырған реформалар, қатардағы әскерлер ушын жаратылған мүмкиншиликлер, әскерий билимлендириў орынлары, әскерий хызмет, жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық  сезимлери ҳаққында пикирлер билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған  сораўларға  жуўап алды.

Илаж шеңберинде мектеп оқыўшылары әскерий хызметкерлер тәрепинен  қойылған қурал-жарақлар көргезбесин тамашалап, олар туўралы мағлыўматларға ийе болды.




Илажда белсене қатнасқан бир қатар оқыўшыларға алғыснама ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Ушырасыў өз-ара сәўбетлесиўлерге бай болып, мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги