Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 2024-жылы инвестиция, экспорт ҳәм халықаралық бирге ислесиў тараўларында әмелге асырылыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәмлекетимиз басшысы системадағы машқалаларды санап өтти.

Комплекс басшылары соӊғы алты жылда сырттан шама менен 50 миллиард доллар инвестиция киргени ҳаққында мағлыўмат берип атырғаны, бирақ, бул инвестициялардыӊ жалпы ишки өнимге, қосымша қунға, экспортқа тәсири қандай болғаны бойынша таллаўлар жетерли емес екени атап өтилди.

Мысалы, өткен жылы жалпы ишки өним де, санаат та 6 процентке өсти. Бирақ, товарлар экспортында күтилгениндей өсиў болмағаны айтылды.

Аймақларда болса қаржыландырыў толық жуўмақланған 8 триллион сумлық 1 мыӊ жойбар елеге шекем иске түспеген.

Мәмлекетимиздиӊ сертификатларын тән алыў бойынша елеге шекем бирде-бир мәмлекет пенен келисимге ерисилмеген.

Халықаралық қаржы шөлкемлери менен баҳасы 480 миллион долларлық 5 жойбар бойынша келисимге қол қойылғанына 1-2 жыл болған болса да, өзлестириў басланбаған.

Яки, еки жыл алдын шөлкемлестирилген Тиккелей инвестициялар қорына 1 миллиард доллар сырт ел инвестициясын алып келиў бойынша режелер толық әмелге асырылыўы шәрт екени көрсетип өтилди.

ӨзА