Президенттиӊ басшылығында экспорт, инвестиция ҳәм жергиликли санаатта 2024-жылы алда турған ўазыйпалар бойынша мәжилис басланды.
Мәмлекетимиз басшысы жалпы ишки өнимди арттырыў бойынша үлкен шекти алғанын, бирақ, оған тек ғана ишки инвестиция ҳәм ишки базар менен ерисиўге болмайтуғынын атап өтти.
–Бирден-бир дурыс жолымыз – сырт ел инвестицияларын жедел тартыў ҳәм экспортты күшейтиў,- деди мәмлекетимиз басшысы.
Президент тиккелей инвестиция, санаат ҳәм экспортқа жуўапкер 11 министрлик ҳәм уйым, 10 бирлеспе, сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалар, буннан тысқары, барлық министрлик, тармақ ҳәм аймақларда экспорт ҳәм инвестицияға жуўапкер басшы орынбасары жумыс алып барып атырған инвестициялар ҳәм сыртқы саўда системасыныӊ жумысы оғада төмен дәрежеде екенин көрсетип өтти.
Ҳәзирги қурамалы жағдайда системада инвестиция ҳәм экспорт бойынша тереӊ таллаў жоқ екени сынға алынды.
Тийкарғы базарларымыз болған мәмлекетлердеги девальвация, дүньяда жүз берип атырған қарама-қарсылықлар ҳәм логистика есабынан оларға экспорт азайған.
Бундай қурамалы жағдай бүгин яки кеше басланбағаны, Инвестиция министрлиги ҳәм тармақлардыӊ басшылары экспорт базарларын диверсификациялаў үстинде өз ўақтында бас қатырмағаны көрсетип өтилди.
ӨзА