Республикамыз балалары ҳәм жас өспиримлериниң сүйикли газетасы  «Жеткиншек» газетасы редакциясы өткен жылы Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўда «Нәўқыран әўлад— келешегимиз тийкары» жойбары менен қатнасып, жеңимпаз болған еди.

Нөкис қаласындағы 50-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  усы жойбар тийкарында «Жеткиншек» газетасы ҳәм Нөкис қалалық Ишки ислер бөлими менен биргеликте  «Жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў» темасында илаж өткерилди.

Онда Нөкис қалалық Ишки ислер бөлиминиң инспектор-психологи  Д.Бухарбаев мектеп оқыўшылары арасында ушырасып атырған жынаятшылық ҳәм олардың алдын алыў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Соңынан «Жеткиншек» газетасының арнаўлы хабаршысы Ж.Ибадуллаева балалар арасында китапқумарлықты арттырыў, газета-журналларды оқыў көнликпесин қәлиплестириў арқалы жас өспиримлерди дурыс жолға бағдарлаў бойынша пикир-усынысларын билдирип өтти.


Илажда оқыўшылар арасында викторина ойынлары өткерилип, жеңимпазлар «Жеткиншек» газетасы редакциясы тәрепинен таярланған естелик саўғалары менен сыйлықланды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы