Өсип киятырған жас әўлад арасында миллий ўатансүйиўшилик сезимлерин оятыў,  олардың ўатанға садықлық руўхында өсип кәмалға келиўи ушын орынлардағы мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўапкер ўәкиллери ҳәм бажыхана институты курсантларының қатнасыўында «Армия — мәртлик, шыдамлылық ҳәм билим мәканы» атамасында Нөкис қаласындағы 25-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жоқары класс оқыўшылары арасында өткерилген ушырасыў да усы мәселелерге бағышланды.

Ушырасыўда курсантлар тәрепинен мектеп питкериўшилерине бажыхана уйымларының жумыслары ҳәм олардың миннетли ўазыйпалары, сондай-ақ, келешекте мәмлекетимиз шегараларында елимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы әдиўли ўазыйпаларды орынлаўға қарар еткен ҳақыйқый мәрт перзентлер ушын бажыхана институтында жаратылған шараятлар, оқыў бағдарлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Соның менен бирге, мәрт азаматлардың мүддетли әскерий хызметти өтеў дәўиринде үлгили минез-қулқы ҳәм хызмети ушын берилетуғын усыныснама жас әўладтың келешеги ушын үлкен имканият ретинде хызмет ететуғыны турмыслық мысаллар менен жасларға жеткерилди.


Бажыхана институты турмысының ҳәзирги ўақытта институтта оқып атырған 4-басқыш курсантлары тәрепинен әмелий мысаллар менен айтылыўы, өзлериниң тәжирийбелерин бөлисиўи жаслардың бул тараў бойынша билимлерди уғып алыўына жақсы мүмкиншилик жаратып, ушырасыў даўамында олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги