Усы күнлери Австралияның Аделаида қаласында пара велоспорттың шоссе жөнелиси бойынша жәҳән кубогиниң 1-туры болып өтпекте.

Онда Өзбекстан сайланды командасының ағзалары да қатнаспақта. Қуўанышлы тәрепи сонда, онда қатнасып атырған сайланды командамыз ағзасы Фатима Саипова ҳаял-қызлар арасында Т1 класында шөлкемлестирилген жарыста сыйлы орынды ийелеп, қола медалы менен сыйлықланды.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул нәтийже Өзбекстан пара велоспорты тарийхында жәҳән кубоги жарысларында қолға киргизилген дәслепки медаль болып табылады.

Фатима Саипова қолға киргизген бул табысы арқалы, Париж-2024 жазғы Паралимпия ойынлары ушын зәрүрли рейтинг упайларын топлаўға еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы