Усы жыл 16-январь күни Қарақалпақстан Республикасы мәҳәллени қоллап-қуўатлаў Кеңесиниң шөлкемлестириў мәжилиси болып өтти
Оны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев алып барды.
Шөлкемлестириў мәжилисинде қала ҳәм районлардан 68 пуқаралар жыйынының баслықлары, сондай-ақ, бирге ислесиўши шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Атап өтилгениндей, Президентимиздың 2023-жыл 21-декабрь күнги “Мәҳәлле институтының жәмийеттеги орнын түпкиликли жақсылаў ҳәм оның халықтың машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында” қарары менен мәмлекетимизде мәҳәлле институты жумысларын жетилистириўге, оларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы пәрман ҳәм қарар менен пуқаралар жыйынларының жумысларын дурыс жолға қойыў, бул ушын жуўапкер болған шахслардыӊ жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм олардың бирге ислесиўин тәмийинлеў, бул жумысларды әмелге асырыўы ушын зәрүрли шараятлар жаратыў, оларға нызамда белгиленген ўәкилликлерин алып барыўына жәрдемлесиўге қаратылған илажлар белгилеп берилди.
Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ қала ҳәм районларда Мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеңеслерин шөлкемлестириўге, Өзбекстан Республикасы Бас министри, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район ҳәм қала ҳәкимлерине тийисли тәртипте республикалық кеңес, аймақлық кеңеслерге жәмийетшилик тийкарында басшылық етиў белгиленди.
Илажда тийисли тараў басшылары, пуқаралар жыйынларының ўәкиллери жумысларды жетилистириў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги