Жаслар пайдалы мәсләҳәтлер алды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры С.Алаўатдинов, Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев, «Салмен ишан» жомъе мешити имам орынбасары И.Купабаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мәрт әскерлеримиздиң мәмлекетимиздиң тынышлығы ҳәм қәўипсизлиги жолындағы хызметлери, сондай-ақ, ўатанды қорғаў, оны көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлигин атап өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплар шөлкеминиң ағзасы О.Төрениязов, Арқа-Батыс әскерий округи топар командирлери, аға лейтенант С.Жамалов, киши сержант Ш.Эргашев, Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы, доцент Қ.Юсуповлар да қатнасып өз пикирлерин билдирди.



Илаж университеттиң студент-жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Усындай ушырасыў Өзбекстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги академиялық лицейинде де болып өтти.
Ушырасыўда жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Илаж Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының студент-жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.





Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги