Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында “Өзбекстан мәҳәллелери бирлеспесиниӊ жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириў” темасында шөлкемлестириў конференциясы болып өтти.

Онда Өзбекстан мәҳәллелери бирлеспесин дүзиў ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў, бирлеспе Уставы ҳәм Нышанын, аймақлық бөлимлериниӊ Үлги режелерин тастыйықлаў, бирлеспениӊ Қадағалаў-тексериў комиссиясы баслығы ҳәм ағзаларын сайлаў, сондай-ақ, бирлеспе ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери, мәҳәлле белсендилери алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Норбоева, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ кеӊесгөйи, Республикалық мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеӊеси баслығыныӊ биринши орынбасары Ғ.Мирзаев, министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары, республикадағы бирге ислесиўши шөлкемлердиӊ ўәкиллери, сондай-ақ, ўәлаятлардан 140 делегат қатнасты.

Шөлкемлестириў конференциясында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Т.Норбоева мәҳәлле ҳақыйқый халық мәплерин гөзлейтуғын, халықтыӊ машқалаларын еркин шеше алатуғын, мәмлекетлик уйымлардыӊ жумысы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнатыўға ылайықлы жетекши пуқаралық жәмийет институтына айланғанын атап өтти. Мәҳәллениӊ орынларда халықтыӊ эксперти ҳәм жәрдемшиси, керек болса, “әдиллик тәрезиси”не айланыўы, әлбетте, адамлардыӊ мәмлекетке болған исенимин және де беккемлейди.

Президентимиздиӊ 2023-жыл 21-декабрьдеги “Мәҳәлле институтыныӊ жәмийеттеги ролин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оныӊ халықтыӊ машқалаларын шешиўде биринши буўын ретинде ислеўин тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Өзбекстан мәҳәллелери бирлеспесиниӊ жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаўды және де жетилистириў бағдарында әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша делегатлардыӊ пикир-усыныслары тыӊланды. Онда мәҳәлле системасындағы өзгерислер, оныӊ жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын арттырыў бағдарындағы басламалар, “мәҳәлле жетилиги”ниӊ жумыс бағдарлары ҳаққында сөз барды.

Президент пәрманы ҳәм қарарында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар бирме-бир талланды. Делегатлар мәҳәлле системасын жетилистириўге байланыслы усыныслары ҳәм басламаларын билдирди.

Конференцияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Делегатлар Өзбекстан мәҳәллелери бирлеспесиниӊ баслығы лаўазымына Қаҳрамон Қуронбоевтиӊ кандидатурасын бир аўыздан мақуллады.

Конференция қатнасыўшылары атынан мәҳәллелер белсендилерине Мүрәжат қабыл етилди.

Шаҳноза Маматуропова,  

ӨзА