Қатарда болып өтип атырған футбол бойынша Азия кубоги шеӊберинде Доха қаласындағы «Lusail Boulevard» орайлық майданында Араб ҳәм Азия мәмлекетлери саўда көргизбеси өз жумысын баслады.

Бул илажда 24 мәмлекеттиӊ кәрханалары өз өнимлери менен қатнаспақта. Көргизбеде мәмлекетимиздиӊ Қатардағы елшиханасы тәрепинен Өзбекстан миллий стенди де шөлкемлестирилген.

Презентацияда жергиликли химия, фармацевтика, тоқымашылық, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм өнерментшилик өнимлери, сондай-ақ, Өзбекстанныӊ экономикалық ҳәм туристлик потенциалы ҳаққындағы видеокөринислер көрсетилмекте.

Еслетип өтемиз, Араб ҳәм Азия мәмлекетлери саўда көргизбеси усы жылдыӊ 10-февраль күнине шекем даўам етеди.

ӨзА