“Duvenbeck” компаниясы Европаныӊ жәми сегиз мәмлекети болған Германия, Австрия, Венгрия, Испания, Румыния, Словакия, Польша, Чехияда өзиниӊ 36 орайына ийе болып, транспорт ҳәм логистика хызметлериниӊ кеӊ тармағын усынып келмекте.

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Германияныӊ “Duvenbeck”  компаниясыныӊ бас менеджери Нилс Гердеманн менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда дәслеп министр IT аутсорсинг  хызметлерин көрсетиўде немис компаниялары менен бирге ислесиўден миннетдар екенлигин билдирди. Сондай-ақ, министр IT Park имканиятлары, онда сырт елли компаниялар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм салық жеӊилликлери ҳаққында да қосымша мәлимлемелер берип өтти.

Өз гезегинде, немис тили көнликпелерин арттырыў бойынша арнаўлы тренинглер шөлкемлестириў усыныслары берилди.

Н.Раҳмонова,  

ӨзА