Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылында жаслар менен қарым-қатынасты және де жеделлестириў мақсетинде Сенатта ушырасыў шөлкемлестирилди.

«Парламентте жаслар орны» жойбары шеңберинде Сенаттың имаратында өткерилген ушырасыўда сенаторлар ҳәм ӨзЛиДеП Сиясий кеңеси атқарыў комитетиниң ағзалары қәбилетли жаслар менен сәўбетлести.

Сөйлесиў даўамында Сенаттың тийкарғы жумысы, атап айтқанда, парламент жоқары палатасының ўәкилликлери, сенаторлар жумысының ҳуқықый тийкарлары, ҳуқықлар менен миннетлемелер, нызамлардың орынланыўы бойынша парламентлик қадағалаў алып барыўдың айырым тәреплери ҳаққында түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, бүгинги күнде әҳмийетли нызамларды қабыллаў, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, парламентлик қадағалаўды алып барыў, атқарыў уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслардың халық алдындағы есап бериўин арттырыў парламент жумысының тийкарғы бағдарлары екени атап өтилди.

Қатнасыўшылар Сенаттың жергиликли Кеңеслер ҳәм жаслар менен бирге ислесиўи, нызамларды додалаўда аймақлар мәпи қаншелли айрықша әҳмийет ийелейтуғыны, жаслар ҳуқықларына байланыслы бир қатар сораўларға жуўап алды.

Бул ушырасыў жаслардың әмелий ҳәм теориялық көнликпелерин қәлиплестириў бойынша пикирлесиў майданына айланды.

Н.Абдураимова,

ӨзА