«Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўын илимий изертлеў жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП – 10-санлы, 15.01.2024 ж.) қабыл етилди.

Пәрман менен Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты дүзилди.

Институт кримонологиялық жумысты илимий ҳәм экспертлик жақтан тәмийинлеўге қәнигелескен, Ишки ислер министрлигиниң шөлкемлестириў структурасына киретуғын, юридикалық тәреп статусына ийе, республикалық илимий-изертлеў мәкемеси есапланады.

Институт баслығы Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланады.

Институт, соның ишинде:

– республикадағы криминоген жағдайға байланыслы терең изертлеўлерди әмелге асырады, жынаятшылық тенденцияларын системалы түрде таллайды ҳәм прогнозлайды;

– жәмийетшилик арасында дуў-дуў гәпке себеп болған жынаятлардың факторларын анықлап, оларды сапластырыў илажларын ислеп шығыўда сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларына методикалық жәрдем береди;

– криминология тараўы бойынша еркин излениўшенлик түринде жоқары маман илимий кадрларды таярлайды.

Институт өз ўазыйпаларын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм лаўазымлы шахслардан еркин түрде әмелге асырады, оның жумысына тосқынлық етиў, изертлеў есабатындағы мағлыўматларды өзгертиўи ушын тәсир көрсетиў қадаған етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги