Жаслар ислери агентлиги мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик сыйлыққа 2024-жылғы таңлап алыў процесслери әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен, республикалық ҳәм халықаралық көлемде өткерилген жарыслар, жойбар ҳәм таңлаўларда жеңимпаз болған, жәмийетимиз турмысының түрли тараўларында жоқары нәтийжелерге ерискен ҳәм мәртлик, жигерлилик, ҳадаллық, ўатансүйиўшилик сыяқлы пазыйлетлерге ийе болған 14 жастан 30 жасқа шекемги жигитлер таңлап алынбақта.

Сондай-ақ, өзиниң терең билими, интакерлиги, исбилерменлиги, ерк-ықрары ҳәм пидәкерлиги менен ажыралып турған қәбилетли жигитлер өз ҳүжжетлерин усы жылдың 1-мартына шекем жасаў мәнзили жайласқан аймақ бойынша Жаслар ислери агентлигиниң район (қала)лық бөлимлерине тапсырыўы мүмкин.

«Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығы мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 5-июльдағы «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық шөлкемлестирилген.

Бул сыйлық мәмлекетимизде уллы ата-бабаларымызға мүнәсип болған, мәртлик, жигерлилик, ҳадаллық, ўатансүйиўшилик сыяқлы пазыйлетлерге ийе мәрт улларымызды тәрбиялаў ҳәм жәмийетимиз турмысының түрли тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған билимли, интакер, исбилермен, жигерли ҳәм пидәкер жигитлерди хошаметлеў мақсетинде бериледи.

Гулноза Бобоева, ӨзА