Жаслар тәрбиясында бослық қалмаўы керек

201

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өткерилген ушырасыўда жаслар менен ислесиў, олардың жәмийетлик-сиясий, ҳуқықый билимлерин арттырыў мәселеси кең түрде додаланды. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгингидей интернет ҳәм социаллық тармақлар кең түрде раўажланып атырған дәўирде жаслар тәрбиясында жол қойылып атырған кемшиликлер, әсиресе, олардың санасындағы бослықты толтырыў бағдарында орын алып атырған машқалалар туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бүгингидей глобалласыў шараятында жаслар тәрбиясы өз алдымызға белгилеп алған Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды қурыў, Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыўдай уллы мақсетлеримизге ерисиў жолындағы әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта жаслардың басым көпшилиги социаллық тармақлардан пайдаланып, олардағы ҳәр қыйлы видеороликлерди тамашалайды. Бул болса олардың санасына, тәрбиясына өз тәсирин тийгизбей қалмайды.

Солай екен, институтта бар имканиятлардан пайдаланған ҳалда жасларды бир жерге жәмлейтуғын, олардың турмысы, қызығыўшылықлары, басламалары, жетискенликлерин жасларға сай, заманагөй усыллар менен сәўлелендирип беретуғын жаңаша платформа жаратыўға зәрүрлик сезилмекте.

Усындай талап ҳәм зәрүрликлерден келип шыға отырып, социаллық тармақларда жумыс алып баратуғын, жаслар турмысын олардың көзқарасында сәўлелендиретуғын канал шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.




Тарийх факультети тьюторы Гүлзар Ешимбетова бул бағдарда институт көлеминде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында өз усынысларын факультет деканларының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасарлары, кәсиплес тьюторлар ҳәм қәбилетли, белсенди студентлерге таныстырды.

– Анық мақсетлерге бағдарланған қысқаша видеороликлер арқалы жаслардың идеологиялық иммунитетин беккемлеў, сиясий ҳәм ҳуқықый саўатлылық дәрежесин арттырыў, олардың арасында китапқумарлық, интеллектуаллық ҳәм спорт жарыслары, соның менен бирге, миллетлер аралық татыўлық, аўызбиршилик, кеңпейиллик сыяқлы улыўма инсаныйлық қәдириятларды креатив усыллар менен үгит-нәсиятлаўды мақсет еткенбиз. Әлбетте, бундай жумыслардың нәтийжеси де жақсы болатуғынына исенимимиз мол, – дейди институт ректоры ў.ў.а. Қ.Қодиров.

Ушырасыўда көтерилген басламалар жаслар тәрбиясына жуўапкер қәнигелер ҳәм студент-жаслар тәрепинен қоллап-қуўатланып, жумысларды еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.



Билдирилген усыныслар ҳәм пикирлер биргеликте додаланып, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги