Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң 2022-жыл 5-декабрьдеги ҳәптелик графигине муўапық, орынларда тараўға санлы технологияларды енгизиў ҳәм суў хожалығы объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке бериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланып ҳәм алдағы режелер белгиленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде өткен жылларда насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке алған фермер хожалықлары басшылары менен суў хожалығы министрлиги,  насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы жуўапкерлери ушырасып, әмелге асырылатуғын ўазыйпалар додаланды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Уразимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында аймақлардағы насос станцияларын алған фермерлердиң инвестициялық миннетлемелерин орынлаўы, энергия үнемлеўши технологияларды енгизген ҳалда энергияны үнемлеў, ҳәзирги күндеги шор жуўыў ҳәм суўғарыў дәўиринде насос агрегатларын таярлаў бойынша ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Өз гезегинде фермерлер де мәмлекетлик жеке-меншик шериклик тийкарында алған насос станцияларын басқарыўда жүзеге келип атырған машқалаларды атап өтип, быйылғы жылда суў жеткериў бойынша киргизилип атырған өзгерислер бойынша жуўапкерлерден жуўап алып, өз пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда айырым фермерлерлердиң қарыздарлығы болғанлығы себепли энергия ҳәм хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақылары ушын бюджет тәрепинен қаратылған қаржыларды фермер хожалығының тийкарғы есап бетине өткериўде машқалалар жүзеге келип атырғаны атап өтилип, буған байланыслы кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында насос станцияларын алған фермерлерге энергияны ҳәм хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақыларын ўақтында толық берип барыўы ушын айрықша арнаўлы есап бетлерин ашыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.


Суў хожалығы министрлиги жуўапкерлери ҳәм фермерлер менен биргеликтеги ушырасыўда алға қойылған усыныслар ҳәм белгиленген ўазыйпалар кеңнен додаланып, мәселелерди унамлы шешиўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги