Кеше футбол бойынша Қатарда өткерилип атырған Азия кубогинде 1-тур ойынлары өз жуўмағына жетти.

Олардың биринде қоңсылас Қырғыз Республикасының сайланды командасы таиландлы футболшылар менен өз-ара күш сынасты.

«Абдулла бин Халифа стадиум»да өткерилген ойында Қырғыз Республикасы футболшылары топқа ийелик етиўи бойынша үстемликке ийе болғаны менен дәрўазаға гол урыў мәселесинде көплеген қәтеликлерге жол қойды. Атап айтатуғын болсақ, олар тәрепинен Таиланд дәрўазасына 13 мәрте анық соққы жолланғаны менен, қырғыз футболшылары бир мәрте де гол ура алмады.

Ал, Таиланд сайланды командасы болса, пүткил ойынның 45 процент ўақты даўамында топқа ийелик етип, өз қарсыласлары дәрўазасына 12 рет анық соққы жоллады ҳәм солардың екеўин голға айландырды.

Солай етип, бул ойын 2:0 есабында таиландлы футболшылар пайдасына шешилди.

Усы топардан орын алған екинши ойында болса, турнир фаворитлеринен бири Саудия Арабстаны сайланды командасы Оман сайланды командасын үлкен қыйыншылық пенен жеңип шығыўға еристи.

Атап айтқанда, ойынның 14-минутында оманлы Салах аль-Яхьяей пенальтиден есапты ашқан болса, 78-минутта саудиялы Абдулрахман Гариб арадағы парықты теңлестириўге миясар болды. Ал, төреши тәрепинен қосып берилген 90+6 минутта Али аль-Булайхи Оман дәрўазасын анық нышанға алып, Саудия Арабстанына 3 упай алып берди.

Бүгин Азия кубогинде 2-тур ойынлары басланып, онда Ливан-Қытай, Тәжикстан-Қатар  өз-ара ушырасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы