2024-жыл 16-январь күни БАӘ Сыртқы ислер министриниң басшылығында Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметлери арасында кириў виза талапларынан өз-ара азат етиў ҳаққындағы бирге ислесиў протоколына қол қойылды.

Ҳүжжетке бола, Өзбекстан пуқаралары 30 күннен артпайтуғын мүддетте БАӘ аймағында болыў дәўиринде виза талапларынан азат етиледи.

Мағлыўмат ушын: 2023-жыл даўамында БАӘге 119 мың 454 Өзбекстан пуқаралары барған ҳәм 9,2 миллион АҚШ доллары муғдарында виза рәсмийлестириў ушын жумсалған.

Ҳүкиметлераралық бирге ислесиў протоколына Өзбекстан Республикасының БАӘдеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси А.Аққулов ҳәм БАӘ Сыртқы ислер министриниң орынбасары Холид Абдулла Белҳул тәрепинен қол қойылды.

Ҳүжжет рәсмий түрде 2024-жыл 16-февральдан күшке киреди.

Қол қойылған ҳүжжет Өзбекстан пуқаралары ушын виза рәсмийлестирместен барылатуғын мәмлекетлер санын 29 ға жеткерип, Өзбекстанды Global Passport Power рейтингинде 71-орынға көтереди.

ӨзА