Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-январь күни Европа Аўқамының Европа комиссиясы вице-президенти Маргаритис Схинас басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Сәўбет алдынан Евроаўқамның жоқары мәртебели ўәкили ЕА ҳәм Өзбекстан арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимиз басшысына Еврокомиссия баслығы Урсула фон дер Ляйен ҳәм Еврокеңестиң баслығы Шарль Мишельдиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

ЕА менен көп тәреплеме шерикликти және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жылларда бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Европа кеңеси Президенти Шарль Мишельдиң Өзбекстанға сапары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Евроаўқам басшыларының еки ушырасыўы, өз-ара байланыслылық бойынша Самарқанд конференциясы табыслы өткерилди.

ЕА ҳәм Орайлық Азия арасындағы байланысларды кеңейтиў бойынша биргеликтеги «жол картасы» әмелге асырылмақта. «Орайлық Азия – ЕА» биринши саммитти Өзбекстанда шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.

Январь айының соңыңда Брюссельде еки регионның транспорт-коммуникациялық өз-ара байланыслылығын беккемлеўге қаратылған ири Инвесторлар форумы болып өтеди.

Өзбекстан ҳәм ЕА мәмлекетлери арасындағы саўда жедел өсип бармақта, өткен жылы оның көлеми 30 процентке артты.

Европаның жетекши компанияларының қатнасыўында жоқары технологиялық тармақларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. ЕАның Өзбекстан ушын саўда преференцияларының әмел етиў мүддети созылды.

Әҳмийетли регионаллық мәселелер, соның ишинде, Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем көрсетиў мәселелери бойынша пикир алысты.

ӨзА