Кеше Лондон қаласында Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА) тәрепинен The Best FIFA Football Awards сыйлығының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда «Интер Майами» клубының аргентиналы ҳүжимшиси Лионель Месси 2023-жылдың жуўмағы бойынша дүньяның ең күшли футболшысы деп табылды.

Соны айтып өтиўимиз керек, 36 жасар Месси бул сыйлықты 2016-жылдан берли 3-мәрте қолға киргизбекте. Ол өткен жылы да усы сыйлық пенен сыйлықланған еди. Бирақ, Месси The Best FIFA Football Awards сыйлығын алыў мәресимине келмеген.

2023-жылы Месси  «ПСЖ» клубы қурамында Франция чемпионы,  «Интер Майами» менен Лига кубогин қолға киргизиўге миясар болған. Сондай-ақ, аргентиналы футбол жулдызы буннан сәл алдын өз өмиринде 8-мәрте «Алтын топ» сыйлығы менен де сыйлықланған еди.

Дүньяның ең күшли футболшысы сыйлығына Мессиден тысқары франциялы Килиан Мбаппе ҳәм норвегиялы Эрлинг Холандлар да даўагер болған еди.

Ал, ҳаял-қыз футболшылар арасында болса, бул сыйлыққа «Барселона» клубы ҳәм Испания сайланды командасы ағзасы Айтана Бонмати ылайық деп табылды.

«Жылдың ең жақсы тренери» номинациясына болса, «Манчестер Сити» клубы устазы Пеп Гвардиола мүнәсип көрилди. Ол бул номинацияда «Наполи» / Италия сайланды командасы бас тренери Лучано Спаллетти ҳәм Интер клубы устазы Симоне Инзагини артта қалдырды.

Бразилиялы Эдерсон болса, дүньяның ең жақсы дәрўазаманы номинациясында жеңимпаз болды. Ол бул бағдарда «Реал» ҳәм Бельгия сайланды командасы ағзасы Тибо Куртуа «Ал-Ҳилол» ҳәм Марокко сайланды командасы ағзасы Яссин Бунуны жеңип шықты.

«Жылдың ең шырайлы голы» авторына берилетуғын «Пушкаш сыйлығы» «Ботафога» клубы футболшысы Гильерме Мадруға несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы