Енди миллий сертификат имтиханындағы 65 балл ЖООға кириўде максимал балл береди

357

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниӊ мәлим етиўине бола, Миллий сертификат имтиханында 65 ҳәм оннан жоқары балл алған абитуриент “А +, А” дәрежеге ийе болады ҳәм ЖООға кириўде сол пәннен максимал баллға ийе болады.

Сондай-ақ, B+, B, C+ дәрежеге ийе болған абитуриентлерге тест сынақларында ийелеген балларына салыстырмалы процент тийкарында максимал баллға салыстырғанда дифференциялластырылған балл бериледи.

Тест нәтийжелери халықаралық метод – Rash модели тийкарында есапланады. Сертификаттыӊ әмел етиў мүддети 3 жылды қурайды.

Мағлыўмат ретинде атап өтиў керек, алдынғы тәртипке бола, миллий сертификат имтиханында 86 процент ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентке кириў имтиханында максимал балл, 60 проценттен жоқары топлағанларға болса мәжбүрий блок пәнинен максимал балл берилген.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА