Ҳүкимет қарары (24-санлы, 13.01.2024ж.) менен Республика мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде сабақ өтиў ушын пайдаланылатуғын оқыў-методикалық фильмлерди ислеп шығарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге бола, билимлендириў шөлкемлеринде сабақ өтиў ушын пайдаланылатуғын оқыў-методикалық фильмлердиӊ темалары Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланады.

Ҳәр жылы 30-январьға шекем фильмлердиӊ тастыйықланған темаларыныӊ дизими Кинематография агентлигине усынылады.

Усыған бола, Агентлик тәрепинен ҳәр жылы 50 ге шекем фильм ислеп шығарылады. Онда фильмлердиӊ темалары оқыўшы ҳәм студентлердиӊ өзлестириўи қыйын болған пәнлер, олардыӊ тийкарлары, темалары (формула, теорема, нызамлықлар) тийкарында қәлиплестириледи.

Фильмлерди жайластырыў ушын 2024-жыл 1-апрельге шекем оқыў-методикалық фильмлер порталы ҳәм мобиль қосымшасы жаратылады.

Ибрагим Утеулиев,

ҚМУ, сыртқы бөлими журналистика

тәлим бағдарыныӊ 2-Б курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги