Жаңа медиа-орай өз жумысын баслады

263

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын усы басқарма жанында жумыс баслап атырған «Жаслар медиа-орайы»ның  жумыс баслаўы мүнәсибети менен пресс-тур шөлкемлестирилди.

 Илажда Жаслар ислери агентлигиниң Мәлимлеме ҳәм медиа хызмети басшысы Нодир Абдуқадиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жаңадан ашылған медиа-орайдың имканиятларын атап өтип, жаслар орайында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде ғалаба хабар қуралларының саны жылдан-жылға сезилерли дәрежеде артып бармақта.

Президентимиздиң басламасы менен жумыс алып барып атырған Басламалы бюджет жойбарының 2023-жылғы биринши мәўсиминде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ҳәм көплеген жаслардың талап ҳәм усынысларына бола, Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жаслар медиа-орайы»ның заманагөй жойбары ашық даўысқа қойылып, халқымыз, әсиресе, жасларымыздың қоллап-қуўатлаўы менен «Жаслар медиа-орайы»ның жойбары ашық таңлаў жеңимпазына айланды.

Жойбар ушын 750 миллион сумлық қаржы ажыратылып, медиа-орай жойбарына муўапық жаслардың талғамына сай келетуғын жаңа контентлер ҳәм социаллық тармақлар ушын арнаўлы зоналар, мәлимлеме хызмети басшысы ҳәм монтаж ушын арнаўлы ханалар реконструкцияланып, керекли материаллық-техникалық үскенелер менен тәмийинленди.



Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында дүзилген «Жас репортёрлар клубы» медиа тараўына қызығыўшы жасларды бирлестирген болса, ал «Жаслар медиа-орайы»ның жаңадан жумыс баслаўы жас репортёрларды шексиз қуўандырмақта. Себеби, бул жерде жаратылған мүмкиншиликлер арқалы жас репортёрлар жаңа жойбарлар ҳәм контентлерди жаратыўды режелестирген. «Жаслар бәндиргиси», «Билесиз бе?» сыяқлы жойбарлардың жас репортёрлар тәрепинен жанлы тәризде алып барылыўы, сондай-ақ, жанлы эфир арқалы сораў-жуўап викториналарының өткерилиўи көп санлы тамашагөйлерди қамтып алады, әлбетте. Орайда тек  жас репортёрлар ғана емес, республикалық көлемдеги контент жаратыўшылар, белгили жойбар ийелери, вайнерлер, блогерлер менен бирге ислесиўди де жолға қойыў режелестирилмекте.

Пресс-тур даўамында ғалаба хабар қуралларының  ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер Жаслар орайы имаратында жумыс алып барып атырған «Бизнес клуб», «Информациялық технологиялар», «Немис тили», «Робототехника» дөгереклерин барып көрип ол жерлерде жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.





Илаж даўамында қатнасыўшылар бирге ислесиў бойынша пикир-усынысларын билдирип, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги