Президент басшылығында өткерилип атырған мәжилисте бажыханада да бар имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны атап өтилди.

Мәселен, өткен жылы импорт болған 20 миллиард долларлық товарларға 60 триллион сумға шамалас муғдарда жеңиллик қолланған.

Бирақ бул жеңилликлердиң қаншасы мақсетли ҳәм нәтийжели қолланғаны бойынша бажыханада таллаў жоқ екени көрсетип өтилди.

Өткен жылы қолланған жеңилликтиң тек ғана 3,2 триллион сумы үйренилгенде, олардың 420 миллиард сумы ямаса 13 проценти мақсетсиз қолланған болып шықты.

Сол себепли, Бажыхана комитетине жеңиллик пенен кирген товарларды кәрхана кесиминде үйренип шығыў тапсырылды.

Улыўма етип айтқанда, усы жылы қосымша дәреклер есабынан Салық комитети 40 триллион сум, Бажыхана комитети болса кеминде 15 триллион сум муғдарында түсимди тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА