Миинстр Азиз Абдуҳакимов Ташкент ҳаўасының патасланыўы бойынша мәлимлеме береди.

Бүгин Нызамшылық палатасындағы фракциялар мәжлисинде бир қатар мәселелер көрип шығылған.

Экопартия фракциясы ағзасы Моҳира Ходжаеваның мәлим етиўинше, Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимовтың «Ташкент қаласының атмосфера ҳаўасы патасланыўының алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларының жағдайы ҳаққында»ғы мәлимлемесин Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде тыңлаў ушын фракциялар күн тәртибине киргизилген.

Депутатлар кейинги ўақытларда Ташкент ҳаўасының патасланыўы халықтың наразылықларына себеп болып атырғаны, бул жағдайдың алдын алыўда қандай жумыслар әмелге асырылып атырғанын билиў зәрүрлигин атап өтти.

Нызамшылық палатасының күнниң екинши бөлиминде өткерилген Кеңес мәжилисинде усы мәселени толық үйрениў бойынша комитетке тапсырма берилди.

Алдынырақ Экология министрлиги Ташкент қаласында атмосфера ҳаўасының патасланыўына қандай факторлар тәсир етип атырғанын мәлим еткен еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги