Өзбекстанда жаңа жыл байрамынан кейинги талаптың азайтыў тенденциясына қарамастан, алма ҳәм мандаринниң баҳасы және көтерилген.
EastFruit тиң таллаўларына бола, тийкарынан, 2024-жыл январь айының биринши ҳәптесинде алманың көтере баҳалары орташа 20 процентке, 2023-жылдың сол дәўирине салыстырғанда болса 29 процентке көбейген.
Баҳасы ең кескин көтерилген алма сорты «Голден Делишез» болып, ол бир ҳәптеде 40 процентке шекем қымбатлады ҳәм баҳасы бойынша алманың «Гала» сортына теңлеседи.
Сондай-ақ, белгили ҳәм арзан жаңа жыл мийўеси болған мандарин де қымбатлады. Бир ҳәпте даўамында мандаринниң көтере баҳасы 13 процентке көбейди. Бирақ сондай болса-да, мандаринниң көтере баҳалары алмаға қарағанда арзан – бир килограмм орташа 9 мың сумнан (шама менен 0,73 АҚШ доллары). Ең арзан алма сортлары болса 1 килограмм 10 мың сум ямаса 0,81 АҚШ доллары. Жоқарыда аты келтирилген «Голден Делишез» болса 14 мың сум ямаса бир килограммы 1,14 АҚШ долларынан сатылды.
EastFruit’тиң жазыўынша, соңғы 12 жыл ишинде Өзбекстан интенсив алма бағларына көп миллионлаған инвестициялар қаратылғанына қарамастан, мәмлекет алманың сап импортшысы болып қалмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги