Президент Шавкат Мирзиёев 15-январь күни геология тараўында исленген жумыслар ҳәм кейинги режелерге байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимиздиң өсип баратырған экономикасын ресурслар менен тәмийинлеўде геология стратегиялық әҳмийетке ийе. Соңғы жылларда бул тараўға жылына 1 триллион сумнан қаржы ажыратылып, зәрүр шараятлар жаратылмақта. Буның нәтийжесинде 31 мың квадрат километр жаңа аймақлар үйренилди.

Меншик сектор ушын жаратылған имканиятлар есабынан руда емес кәнлерге инвесторлар тартылды. Бүгинги күнде тараўда 1 миллиард 700 миллион долларлық инвестиция жойбарлары әмелге асырылмақта.

Бирақ тараўда еле пайдаланылмаған имканиятлар көп. Кәнлер ҳәм оларды өслестириў көлемин кеңейтиў мүмкин.

Презентацияда бул бойынша перспективалы жойбарлар, тийкарынан, усы жылға мөлшерленген режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы оны тыңлап, жақын ҳәм узақ келешекте әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларды белгилеп берди. Бул тараўда узақты гөзлеў ҳәм заманнан алдында жүриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сонлықтан шекти жоқары алып, геология-излеў жумысларын кеңейтиў, анықланған резервлерди нәтийжели өзлестириў илажлары додаланды.

Тараўға сырт ел технологияларын ҳәм инвестицияларды тартыўды даўам еттириў, бул арқалы геологиялық излеў ҳәм қазып алыўдың нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпалары қойылды.

Халық, социаллық тараў ҳәм өндирис тармақлары талабынан келип шығып, көмир қазып шығарыў көлемин 22 процентке арттырыў зәрүрлиги көрсетип өтилди. Алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында, байытыў шығындыларын қайта ислеў мәселесине де итибар қаратылды.

ӨзА