ДЫҚҚАТ! 

258

«Қарақалпақфильм» киностудиясы  жаӊа фильмлер ушын сценарийлер қабыллайды.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаӊа дөретиўшилик жумыслар, барлық тараўларда жүз берип атырған өзгерислер, дөретиўши жаслардың образларын жаратыӳға бағышланған ҳүжжетли фильмлер ушын сценарийлер;

Халқымыздыӊ өзине тән мәденияты, қәдириятлары, тарийхый ҳәм әпсанаӳий қаҳарманлар ҳаққында толық ҳәм қысқа метражлы көркем фильмлер, миллий кино сериаллар, хроникал ҳүжжетли фильмлер ушын сценарийлер;

Балалар ушын қарақалпақ халық ертеклери ҳәм даӊқлы бабаларымыздыӊ ибратлы өмир жоллары ҳаққында анимациялық фильмлер ушын сценарийлер қабыллайды.

Еслетпе: Көркем фильмлер, миллий кино сериаллар,  ҳүжжетли ҳәм анимациялық фильмлер сценарийлерине қойылатуғын талаплар тийкарында жазылыӳы керек.

Фильм сценарийлери еки (өзбек ҳәм қарақалпақ) тилде ҳәм электрон және де қағазға шығарылған түринде қабылланады.

«Қарақалпақфильм» киностудиясы

Мағлыўмат ушын телефонлар: 61 222-82-14.  97 5002892

Қарақалпақстан хабар агентлиги