Қаҳарманның аты мәңгилестирилди

273

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғайратдин Хожаниязов өзиниң пүткил өмирин халқымыздың тарийхын изертлеўге бағышлаған инсан болып есапланады.

1948-жылы Қараөзек районында туўылған қаҳарманымыз 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетин тамамлап, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимий-изертлеў институты археология бөлиминде әпиўайы лаборантдан баслап бөлим баслығы лаўазымларында жумыс иследи.

Ол 1995-жылдан өмириниң соңғы күнлерине шекем «Қарақалпақстан – Австралия» халықаралық археологиялық экспедициясының тийкарғы атқарыўшыларының бири болды. АҚШтың Предью, Бостон ҳәм Калифорния университетлериниң археологлары менен Қыят оазиси естеликлеринде изертлеў жумысларын алып барды.

Илимпаздың әййемги Хорезмниң орта әсир тарийхы фортификациясы, үлкениң диний-социаллық естеликлери, этноархеологиясы ҳәм басқа мәселелерге арналған илимий мақалалары Өзбекстаннан тысқары, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан, Россия, Франция, Англия ҳәм Австралия мәмлекетлеринде баспадан шығарылған.

2003-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен Ғ. Хожаниязов «Меҳнат шуҳрати» ордени ҳәм 2008-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланды.

2020-жылы аўыр кеселлик оны арамыздан алып кеткен еди. Жақында Қараөзек районы ҳәкимлигиниң басламасы ҳәм республикамыз басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен бул әжайып инсанның атын мәңгилестириў мақсетинде, илимпаздың өзи туўылып өскен көшесине Ғайратдин Хожаниязовтың аты берилип, усыған арналған мәресим болып өтти.

Оған район ҳәкимлиги басшылары, республикамызға белгили илим ғайраткерлери, аймақ белсендилери ҳәм илимпаздың туўған-туўысқанлары, жақынлары, ул-қызлары менен шәкиртлери, көше турғынлары қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер Ғ. Хожаниязовтың өмири ҳәм дөретиўшилик мийнет жолы, жазған илимий мақалалары келешек әўлад ушын тәрбиялық әҳмийети жүдә жоқары екенлигине тоқтап өтип, оның исмин мәңгилестириў мақсетинде исленип атырған бул ислерди қоллап-қуўатлайтуғынлығын атап өтти.





-Районымыз аймағынан усы күнге шекем Аллаяр Досназаров, Қәллибек Камалов, Султан Қаниязовтай ел басшылары, Сабыр Камалов, Чаржаў Абдиров, Ахмед Реймов сыяқлы академиклер, мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары, белгили шайыр ҳәм композиторлар, спортшылар жетилисип шықты,-дейди бизге Қараөзек районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Баҳадыр Өтепшиев.-Бул районымыз халқы, соның ишинде, өсип киятырған жас әўлад ушын мақтаныш болып, бизлерди жаңа ийгиликли ислерге қарай бағдарлайды. Мине, бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, археолог Ғайратдин Хожаниязовтың исмин мәңгилестириў мақсетинде, Есим мәкан пуқаралар жыйыны аймағында илимпаздың өзи жасаған көшеге қаҳарманның атының қойылыўы оғада орынлы ис болды. Алдағы ўақытлары да бундай инсанлардың атларына мектеп ҳәм оқыў орынларының атларын қойса мақсетке болар еди деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы